Мәмлекетимиз басшысы 14-15 сентябрь күнлери Тәжикстан пайтахты Душанбе қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларыныӊ гезектеги, бесинши Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық фонды саммитинде қатнасады.

Бул саммитлерде Президентимиз бир қатар зәрүр ҳәм әҳмийетли усыныслар ҳәм басламаларды алға қояды, регионда саўда- экономикалық, транспорт-логистика байланысларын, ʺжасылʺ экономика ҳәм энергетика, суў ҳәм экология тараўларында бирге ислесиўди және де беккемлеў, климат өзгерислериниӊ унамсыз ақыбетлерине қарсы биргеликте гүресиў сыяқлы мәселелер бойынша өз көзқарасларын билдириўи күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы кейинги ҳәптеде Америка Қурама Штатларына сапары даўамында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясыныӊ 78-сессиясында шығып сойлейди.

Президентимиз халықаралық жәмийетшиликти мәмлекетимиздеги реформалар процеси, инсан ҳуқықлары, жәмийетлик-сиясий модернизация тараўларында қолға киргизилген нәтийжелер менен таныстырып ғана емес,ал, ҳәм регионал, ҳәм глобал әҳмийетке ийе бир қатар зәрүр басламаларды алға қойыўы күтилмекте.

Буннан тысқары, Өзбекстан жетекшиси сапар шеӊберинде АҚШ Президентиниӊ усынысы тийкарында өткерилип атырған ʺС5+1ʺ форматындағы АҚШ ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларыныӊ ушырасыўында қатнасады.

                                                              Қарақалпақстан хабар агентлиги