Президент Шавкат Мирзиёев 12-сентябрь күни жол хожалығы системасын реформалаў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Кейинги 6 жылда мәмлекетимизде жоллар қурыў ҳәм оңлаўға ажыратылып атырған қаржылар 3 есеге артқан. Автомобиль жоллары комитети қурамындағы кәрханаларға 2 мыңнан аслам арнаўлы техника сатып алынған. Булар арқалы 65 мың километр жоллар қурылған ҳәм оңланған.

Өткен жылдан «Мениң жолым»  жойбары да басланып, ишки көшелер халықтың усыныслары тийкарында қурылып оңланатуғын система енгизилди. Усы жылдың өзинде 470 мәҳәлледеги ишки жоллар ушын 410 миллиард сум қаратылды. Нәтийжеде 3 миллион 600 мың халықтың аўыры жеңил болды.

Улыўма етип айтқанда, 3 мыңға шамалас мәҳәлле жолларына биринши рет асфальт, және 2 мың мәҳәлледеги топырақ жолларға шағыл тас төселди.

Бирақ тараўда бир қатар системалы машқалалар да бар. Тийкарғы кемшиликлерден бири – қурылып атырған жоллардың сапасызлығы. Жаңа жоллар көп өтпей жарамсыз жағдайға келип атырғаны ушын және оңланбақта.

Жолларды жойбарлаў нормалары ескирген. Олардың үлкен-кишилиги ямаса аймақлардың климат шараятына қарамастан, бир түрдеги үлги қолланбақта. Жойбарларда жол бойы инфраструктурасы нәзерде тутылмағаны себепли, көпшилик саўда ҳәм сервис шақапшалары тәртипсиз жайласқан.

Сапа төменлигиниң және бир себеби – жол қадағалаўының төмен екенлиги. Бул бағдардағы ҳәзирги талаплар солай, техникалық қадағалаўшылар тийкарғы ўақтын жолдың сапасын тексериўге емес, жумысты бөлип алып ислеўшиниң ҳүжжетлерин үйрениўге жумсайды. Жол қурылысында заманагөй техникаларды басқара алатуғын маман кадрлар жетиспейди.

Жолларды мониторинг етиўдиң автоматласқан системасының жоқ екени себепли қайсы жолдан қандай көлемде жүк өтип атырғаны белгисиз. Жолларда оның жүк көтериў имканиятынан аўыр болған транспортлар да ҳәрекетленбекте.

Мәжилисте бундай машқалалар талланып, жаңа илаж ҳәм усыныслар көрип шығылды.

– Сапалы жол адамлардың кейпияты ҳәм экономикамыздың «артериясы» есапланады. Сол себепли жол қурылысына жаңаша көзқарасларды енгизип, сапаны арттырыў, тараўды санластырыў ҳәм жеке меншик секторды кеңнен тартыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў, оңлаў ҳәм сақлаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Бәринен бурын, жойбарлаўды комплексли көзқарас тийкарында жетилистириў зәрүр екени атап өтилди. Яғный, бүгинги күн талабынан келип шығып, автомобильлер тоқтаў орны, жанылғы қуйыў шақапшасы, аўқатланыў, саўда ҳәм техникалық хызмет көрсетиў объектлери қай жерде жайласатуғыны, қай жерде терек егилетуғыны жойбардың өзинде жәмленген болыўы керек.

Мәмлекетимиз басшысы жол қурылысында «ресурс» усылынан «көлем» усылына өтиў усынысын қоллап-қуўатлады. Бул бағдарда Халықаралық консультант инженерлер федерациясы стандартлары қолайлы болады. Оған бола, арнаўлы сертификатқа ийе инженерлер жол қурылысындағы барлық процесслерди қадағалайды ҳәм жуўмақлаўшы сапаға жуўап береди.

Ишки жолларды қурыў ҳәм оңлаў ушын бюджет қаржылары тек ғана «Мениң жолым» бағдарламасы арқалы ажыратылатуғыны айтылды.

– Енди қай жерде ишки жол қурыў, кайсысын оңлаўды адамларымыздың өзи шешеди. Солай етсек, жойбарды таңлап алыўда ҳәм сапаны тәмийинлеўде ашық-айдынлық болады, толық жәмийетлик қадағалаў орнатылады, – деди Президент.

Келеси жылы бул бағдарлама ушын кеминде 800 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.

Бизге белгили, раўажланған мәмлекетлерде де жолларды қурыў ямаса оңлаў толық мәмлекет есабынан әмелге асырылмайды. Елимизде жеке меншик шериклик бойынша нызамлы тийкарлар жаратылған болса да, жол тараўында бул процесс төменлеп бармақта. Сол себепли инвесторларға қойылатуғын шәртлер ҳәм мәмлекеттиң миннетлемелерин анық белгилеп, жол жойбарларына жеке меншик шериклерди жедел тартыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сонша қаржы ҳәм мийнет пенен қурылып атырған жолларды сапалы сақлаў да зәрүр. Мәселен, сырт еллерде жолларда жүк транспортларының салмағын өлшейтуғын қадағалаў тәрезилери орнатылады. Бундай тәрезилерди мәмлекетимизде де жеке меншик шериклик тийкарында орнатыў усынысы билдирилди.

Қалалардағы жолларды сақлаў ҳәм қоршаған орталықты көклемзарластырыў ушын абаданластырыў басқармалары арнаўлы техникалар менен тәмийинленеди.

Бүгинги күнде жолларда ҳуқықбузарлықларды дизимге алатуғын 2 мың 500 ден аслам камера ҳәм радарлар орнатылған. Халықтың жасаў орынларында шекленген тезлик 60 километр-саатқа түсирилген. Нәтийжеде жол-транспорт ҳәдийселери 30 процентке азайған. Айдаўшыларға қолайлық жаратыў ушын «ақыллы кесилиспе» ҳәм «ақыллы светофор» басқарыў системаларын кеңнен енгизиў зәрүрлиги айтылды.

Районларда жол ҳәм көпирлер қурыў және оңлаў бойынша үш жыллық бағдарлама қабыллаў, жол кәрханаларын финанслық саламатландырыў ҳәм материаллық-техникалық базасын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.

Улыўма етип айтқанда, мәжилисте атап өтилген барлық илажларды есапқа алған ҳалда, автомобиль жоллары тараўын раўажландырыў бойынша қарар жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Тараў жуўапкерлери ҳәм ўәлаят ҳәкимлери күн тәртибиндеги мәселелер бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА