Усы жыл 16-20 октябрь күнлери Самарқанд қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиӊ Дүнья жүзилик Туризм Шөлкеми (ЮНВТО) Бас Ассамблеясыныӊ 25-юбилей сессиясының өткерилиўи күтилмекте. Өзбекстан өзиниӊ тарийхында биринши мәрте БМШ қурамына кириўши шөлкемниӊ еӊ әхмийетли илажы болып есапланған ҳәм еки жылда бир мәрте өткерилетуғын Бас ассамблеяны өз аймағында күтип алмақта. Илаж 160 қа шамалас мәмлекетлерден туризм бағдарында жумыс алып барып атырған мәмлекетлик мәкемелер, халықаралық шөлкемлер ҳәм туризм бизнес ўәкиллерин бирлестиреди.

Бүгинги күнге келип, Саудия Арабстаны, Албания, Әзербайжан, Багама, Бахрейн, Гватемала, Гаити, Кот-Дивуар, Индонезия, Монако, Нигер, Панам, Португалия, Сийерра Лионе, Украина, Уругвай, Яман киби мәмлекетлерден туризм мәкемелериниӊ басшылары Самарқандқа келиўи күтилмекте.  Атап өтиў керек, Өзбекстан 2023-2027-жыллар ушын ЮНВТО Атқарыў кеӊесиниӊ Ўәкилликлер бойынша комитети ағзалығына қабыл етилди. Бул ЮНВТО Атқарыў кеӊеси тәрепинен қабыл етилетуғын әҳмийетли қарар ҳәм ҳүжжетлер, оларда ағза мәмлекетлер қатнасыўыныӊ хақлығын ҳәм принциплерге сәйкес келиўин қадағалаў ўәкиллиги Өзбекстанға исенип тапсырылғанлығын билдиреди. Өзбекстанға халықаралық көлемде билдирилген бундай исеним елимиздиӊ тек ғана дүнья туризм базарындағы позициясыныӊ беккемлигин ғана емес, ал, халықаралық қатнасықлардағы искерлигиниӊ де қаншели нәтийжели екенлигин көрсетеди. Бас Ассамблеяныӊ Өзбекстанда өткерилиўи болса мәмлекетимиздиӊ халықаралық майдандағы абырайын арттырыў, халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў көлемин еле де кеӊейтиў, мәдений ҳәм туризм потенциалын үгит- нәсиятлаўда жаӊа имканиятларды усынады.

Бас Ассамблеяныӊ 25-сессиясы шеӊберинде туризм тараўындағы халықаралық мәселелер жалпы сессиялар ҳәм басқа да бир қатар кеӊ көлемдеги конференцияларда талқыланады. ЮНВТО шеӊберинде шөлкемлестирилиўи режелестирилип атырған Инвестиция форумы Өзбекстанныӊ барлық аймақларындағы инвестициялық потенциалы жоқары болған объектлер, аймақлар, жойбарлар ири сырт елли инвесторларға усынылыўы, елимизге мақсетли ҳәм жедел инвестицияларды тартыў бойынша көплеген әхмийетли бизнес келисимлерге ерисилиўи күтилмекте. Форум туризм секторындағы имканиятларды үйрениў ушын глобал мәпдар тәреплерди, санаат басшыларын ҳәм инвесторларды бирлестиреди ҳәм мәмлекетимизде жаратылған қолайлы инвестициялық шараят ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўдыӊ беккем ҳуқықый тийкарларын көрсетиў, соныӊ менен бирге, қатнасыўшылар арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған.

Инвестфорумдағы тийкарғы сессиялар даўамында мәмлекетимиздиӊ инвестициялық шараяты ҳаққында дүнья жәмийетшилигинде унамлы пикирлерди қәлиплестириў, сырт елли ири ивесторлардың Өзбекстанға инвестиция киргизиўге қызығыўшылығын арттырыў мақсет етип белгиленген. Илаж соӊында мәмлекетимизге киргизилетуғын инвестициялар көлемин арттырыў арқалы турақлы раўажланыўға жәрдемлесиў, елимиздиӊ инвестициялық потенциалын және де жоқарылатыў ҳәм глобал көлемде секторлар бойлап бирге ислесиўди күшейтиўге ерисиў күтилмекте.

Соныӊ менен бирге, Өзбекстанныӊ бай мәдений мийрасы ҳәм тәбийғый ресурсларын сақлап қалған ҳалда, мәмлекетимиздиӊ экономикалық жақтан өсиўине үлес қосатуғын инвестицияларды тартыў күтилмекте.

Бас Ассамблея шеӊберинде өткерилиўи күтилип атырған Билимлендириў форумы туризм тараўындағы билимлендириўдиӊ бүгинги күӊдеги жағдайын көрсетип бериў, қәнигелигин арттырыў ҳәм ҳәмме ушын инклюзив имканиятлар жаратыў мақсетинде инвестиция киргизиў қаншели әҳмийетли екенлигин көрсетип береди.

Илажда ЮНВТО тәрепинен орта, жоқары ҳәм басқарыўшы билимлендириў бойынша жетекши академиялық шериклер менен бирге ислеп шығылған қосымша басламалар, инновациялық билимлендириў қуралларыныӊ топламы, Халықаралық турақлы туризм бойынша жаӊа пәнлерди оқытыў, ҳәр бир тараўдағы соӊғы жетискенликлер көрсетиледи. Форумныӊ кеӊ көлемли бағдарламасы мәпдар тәреплер, сиясатшылар, профессорлар ҳәм санаат басшыларын жәмәәтлик ҳәрекетлерге илҳамландырыўға ҳәм әмелге асырыўга қаратылган.

Буннан тысқары, илаж шеӊберинде ЮНВТО тәрепинен жылдыӊ еӊ жақсы туризм аўыллары (Best Tourism Villages)жәрияланады. Оныӊ ушын аймақтыӊ экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық жақтан турақлылығын тәмийинлеўге каратылған, халықтыӊ бурыннан киятырған турмыс тәризи ҳәм дәстрүрлерин сақлап қалған халда, раўажланыў ҳәм парахатшылықты тәмийинлейтуғын алдынғы туризм тараўларына ийе пүткил дүньядағы туризм аўыллары таӊлап алынады. Бул таӊлаўда мәмлекетимизден де бир қатар аўыллар қатнаспақта.

Дүнья жүзилик Туризм Шөлкеми (ЮНВТО) Бас Ассамблеясыныӊ 25-юбилей сессиясыныӊ әййемги Самарқанд қаласында өткерилиўи мәмлекетимиздиӊ мәдений, туризм, инвестициялық ҳәм интеллектуаллық потенциалын дүньяға таныстырыў менен бирге, жер жүзи аудиториясы менен алып барылатуғын саўда-экономикалық, туризм ҳәм мәдений тараўлардағы халықаралық байланыслардыӊ және де беккемлениўине хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги