Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги тәрепинен жаслардың тил үйрениўге қызығыўшылығын арттырыў, оларға тил үйрениў ушын қолайлық жаратыў мақсетинде “Ibrat Farzandlari” жойбары иске түсирилген еди.

Бул жойбар бойынша жаслардың шет тиллерин үйрениўи ушын “Ibrat academy” платформасы да ислеп шығылды. Платформаны ислеп шығыўда “Mohirdev” оқыў орайы, акциянерлик-коммерциялық “Санаат-қурылыс банки”  қәўендерлик еткен.

Буннан алдын “Ibrat farzandlari” жойбары Youtube социаллық тармағында әмелге асырылып, жаслардың қызығыўшылығын оятқан еди.  Жаслар ислери агентлигиниң жәриялаған мағлыўматына бола, Youtube социаллық тармағында жойбар 350 мың жазылыўшы топлаған, ал видео сабақлықларды көриўшилер саны 14 миллионға жеткен. Статистикалық мағлыўматлар бойынша “Ibrat farzandlari” жойбарына қатнасыўшылар саны бойынша Қарақалпақстан Республикасы екинши орынды ийелеген.

Ҳәзирги ўақытта бул жойбар арқалы жаслар инглиз, рус, корейс, қытай, япон, немис, ҳинд, испан, түрк, араб, италиян, француз тиллерин үйрениўи, IELTS сынақларына таярланыўы, өзбек тилинен саўатлылықты жетилистириў  сабақлықларына ҳәм бир неше шет тиллеринен интенсив курсларға қатнасыўы мүмкин.

Тил билиў дәрежесин анықлаўшы сертификат алыўды мақсет еткен жаслар платформадан өзлериниң билим дәрежесин анықлаўы ҳәм жетилистириўи ушын имканиятлар жаратылған. Жоқары көрсеткишке ерискен ҳәр бир қатнасыўшы қәўендерлер тәрепинен сыйлықланып келмекте.

Жаслар ислери агентлиги бул жойбар арқалы келешекте тил билиў дәрежесин анықлаўшы ҳәм тил курсларын тамамлағанлығы ҳаққында сертификат бериўди де режелестирмекте.

Және бир қолайлық, платформа толық қарақалпақ тилине аўдарылған ҳәм тил сайлаў функциясынан тилди таңлаў арқалы сабақлар бойынша тест сораўларын қарақалпақ тилинде шешиў имканияты бар.


Гулчеҳра АЙТМУРАТОВА,

Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика қәнигелиги 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.