Шымбай районында аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажға районлық мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының  басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, өткен ушырасыўларда белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыў барысына тоқтады. Районда бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда айырым кемшиликлердиң орын алып атырғанлығы сынға алынды.

Атап айтқанда, районда быйылғы жылға белгиленген жаңа жумыс орынларын жаратыў тапсырмасы толық орынланбаса да жаңа жумыс орынлары жаратылды деп есабатларға қосып жазыў жағдайлары анықланды. Районда аймақларды комплексли раўажландырыўды турақлы қаржыландырыў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке көмеклесиў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалар талап дәрежесинде орынланбаған.  Районда бюджет түсимлерин, коммуналлық хызметлер ушын төлемлерди өндириў талап дәрежесинде емес.

Соның менен бирге, районлық салық инспекциясы басшыларының  өзлерине жүкленген ўазыйпаларға немқурайдылық пенен қарағанлығы себепли бир қатар финанслық қәте-кемшиликлер анықланған, ишимлик суў, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы ушын қарыздарлықларды өндириў дурыс жолға қойылмаған.

Президентимиздиӊ 2021-жыл 19-июньдағы “Көп қабатлы турақ жайларды басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында”ғы қарарының талапларын орынлаў бойынша жумыслар орынланбаған. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрь күнги “Қарақалпақстан Республикасының аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинленгенлик дәрежесин буннан былай да жақсылаў  арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары талаплары сектор басшылары тәрепинен талап дәрежесинде орынланбаған.

Киши бизнес субъектлерин ашыў бойынша январь-июнь айларына белгиленген реже толық орынланбаған.  Быйылғы  жылғы Инвестиция бағдарламасы тийкарында жаңа жойбарларды иске түсириў арқалы жаңа жумыс орынлары жаратыў,  экспорт көрсеткишлери, халықты азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў илажлары, егислик майданларда суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен ен жайдырыў жумыслары талап дәрежесинде емес.  Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында айырым жағдайларда кредит қаржылары усы күнге шекем ажыратылмаған, ажыратылған кредитлер айырымлары мақсетли жумсалмаған.





Мәжилисте усы сыяқлы бир қатар кемшиликлер сынға алынды. Өзлерине жүкленген ўазыйпаларды орынлаўда кемшиликлерге жол қойған айырым тараў басшыларын  ийелеп турған лаўазымынан босатыў бойынша тапсырма берилип, айырымларына интизамый шара қолланылды.

Усы мазмундағы мәжилис Кегейли районында да болып өтти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги