«Балықшылық хожалығы мүтәжликлери ушын суў бассейнлеринен пайдаланыў тәртибин қәлиплестириў ҳәм балық аўлаў ҳәм суў бойында туризм орынларын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ–281-сан, 18.08.2023-ж) қабыл етилди.

Қарарға бола, 2023-жылдың 1-октябринен төмендегилер исбилерменлерге «E-auksion» электрон платформасында электрон онлайн-аукцион арқалы гиреўге бериледи:

— мәмлекетке тийисли тәбийғый ҳәм жасалма суў бассейнлерин (суў сақлағышлар)  – балықты санаат усылында жетистириў, аўлаў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа мақсетлер ушын;

— тәбийғый ҳәм жасалма суў бассейнлери (суў сақлағышлар) ҳәм дәрья әтирапындағы аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары – суў бойында пляж зоналарын шөлкемлестириў, балық аўлаў, кемеде жүзиў ҳәм суў саяхаты бойынша хызметлер көрсетиў, балық өнимлери, сондай-ақ балық тағамлары саўдасы, улыўмалық аўқатланыў ҳәм туризм хызметлерин шөлкемлестириў ҳәм усы мақсетлерде жеңил конструкциялы қурылмаларды (отаў лагерлери комплекси, контейнерлерди) жайластырыў ушын.
Қарарға бола, 2024-жылы республикада:
900 мың тонна балық жетистириў;
35 240 гектар жасалма суў бассейнлерин интенсивлестирип, 513 600 тонна балық жетистириў;
9 000 үйде интенсив усылда балық жетистириўди жолға қойыў нәзерде тутылған.

2024-жылдың 1-январынан «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде халық ҳәм исбилерменлерге балықшылық жойбарларын әмелге асырыў ушын 50 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги