ӨзЛиДеП тен Беруний районлық Кеңеси депутаты Л.Хожаниязова райондағы Саркоп АПЖ да болып, өз сайлаўшылары алдында 2023-жылдың биринши ярым жыллығының жуўмақлары бойынша есабат берди.
Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 28 мүрәжат келип түскени ҳәм олар бойынша орынларға 12 депутатлық сораў жиберилгени, қалғанлары тийисли шөлкемлер тәрепинен депутатлық қадағалаў астында шешилгенин атап өтти.
Ҳәзирги ўақытта 12 депутатлық сораўдан ең әҳмийетлиги үйренилмекте, қалғанлары унамлы шешимин тапқан.
Ушырасыўда жергиликли турғынлар Саркоп АПЖ дағы «Бахытлы» көшесиндеги хожалықларда қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын суў машқаласы бар екенлигин мәлим етти. Мүрәжат жедел түрде үйренилип шығылып, фермер хожалығы баслығының жуўапкерлигинде халықтың қыйтақ жерлерине суў жеткерилиўи белгиленип, мәселе шешилди.
Буннан соң, депутат мәҳелле «беслиги» ҳәм республика прокуратурасынан бекитилган ўәкиллердиң қатнасыўында көшебийи ҳаяллар менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда АПЖдағы ҳаял-қызлар белсендиси Л.Ақманова ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеў, ҳуқықый билими ҳәм маманлығын арттырыў бойынша, көшебийи ҳаяллар болса, өзлерине бекитилген аймақларда әмелге асырып атырған тазалық, абаданластырыў жумыслары бойынша мағлыўматлар берди. Айырым мәселелер бойынша оларға ҳуқықый түсиниклер берилди.
Депутат тәрепинен көшебийи ҳаяллардың мүрәжатлары да тыңланып, тийисли илажлар көрилди.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги