Қәдирли ул-қызларым!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил Өзбекстан жасларын мәмлекетимизде кеңнен белгиленип атырған қутлы байрам – Жаслар күни менен қызғын қутлықлайман.

Бул байрамды сизлер менен биргеликте үлкен қуўаныш пенен өткерип атырған ата-аналарыңыз, муғаллим-устазларыңызды, көп миллетли пүткил халқымызды қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Әлбетте, мине усындай қуўанышлы байрамда елимиздиң келешеги, үмит ҳәм исенимимиздиң белгиси болған жигерли перзентлеримиздиң тымсалында Ўатанымыз қаншелли үлкен имканиятларға ийе екенин және де терең сезинемиз.

Бүгинги күнде мектеп, колледж, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларында билим алып атырған, өзиниң жеке жумысын ашып, исбилерменлик пенен шуғылланып атырған, Қураллы Күшлеримиз қатарында жигитлик миннетин мақтаныш пенен орынлап атырған, өндирис, қурылыс, илим, билимлендириў, медицина, мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларына, заманагөй IT-технологиялар бағдарларына анық кирип атырған, үлкен арзыў-нийетлер менен жасап атырған 18 миллионнан аслам ул-қызларымыз – бизиң бийбаҳа байлығымыз, алтын қорымыз болып есапланады.

«Жаңа Өзбекстан дөретиўшиси боламан!», «Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўға мүнәсип үлес қосаман!», деген жоқары мақсетлер перзентлеримиз кеўлинен терең орын алып, олардың турмысы ҳәм жумысының мазмунына айланып атырғаны менен ҳәр қанша мақтансақ, арзыйды.

Әзиз жаслар!

Әлбетте, нәўқыран әўладымыздың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, ул-қызларымыздың билим алыўы, мийнет етиўи, өз қәбилети ҳәм талантын жүзеге шығарыў ушын барлық шараятларды жаратыў кейинги жыллардв Өзбекстанда мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени ҳәм бул бағдарда үлкен жумыслар әмелге асырылып атырғаны сизлерге жақсы белгили.

Өткен қысқа дәўирде бул бағдарда 100 ден аслам нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, избе-из әмелге асырылып атырғаны буны айқын тастыйықлайды. Әсиресе, жаңаланған Конституциямызда жас әўладтың ҳуқықлары менен мәплери анық статьялар менен мөрлеп қойылғаны, бул бағдардағы ҳуқықый базаны және де кеңейтиў, әмелий жумысларымызды жаңа басқышқа көтериў имканиятын берип атырғаны сөзсиз.

Усы жерде жаңа редакциядағы Тийкарғы нызамымыз жойбарын додалаў ҳәм улыўмахалықлық референдум арқалы қабыл етиўде жасларымыз айрықша белсендилик көрсеткенин миннетдаршылық пенен атап өтпекшимен. Бул болса ул-қызларымыздың Ўатанымыз тәғдири ҳәм келешегине жоқары қатнас сезими менен жасап атырғаны, мәмлекетимиздеги жәмийетлик-сиясий процесслерге жаңаша руўх ҳәм мазмун алып кирип атырғанынан дәрек береди.

Соның менен бирге бундай жедел мүнәсибет пүткил халқымыз қатары жасларымыз бенен де турақлы сөйлесиўди жолға қойып, пикир ҳәм тилеклерин тыңлап атырғанымыз, барлық бағдарлама ҳәм режелеримизди әмелге асырыўда ул-қызларымызды кеңнен тартып, оларға исеним билдирип атырғанымыздың нәтийжеси, десек, дурыс болады.

Усы мәнисте, өткен дәўирде жаслар менен ислесиў бойынша пүткиллей жаңа – вертикаль басқарыў системасы жаратылды.

Елимиздеги барлық мәҳәллелерде жаслар жетекшиси лаўазымы ензилип, бул ўазыйпаға шөлкемлестириўшилик қәбилетине ийе, интакер жигит-қызлар таңлап алынды. Мәҳәлледе бул система арқалы жасларға 100 ден аслам имканиятлар жаратылды.

«Жаслар дәптери» системасы жолға қойылып, кейинги еки жылда 798 мыңға шамалас жасларға дерлик 1 триллион сум муғдарында жәрдемлер көрсетилди. Соның ишинде, 53 мың мүтәж шаңараққа тийисли студентке оқыў ушын контракт пуллары төлеп берилди.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны шама менен үш есеге көбейип, 210 ға, қамтып алыў дәрежеси болса 9 проценттен 38 процентке жеткени заманагөй илим ҳәм кәсип тараўларын ийелеўде ул-қызларымыз ушын жаңа имканиятлар ашпақта.

Кейинги үш жылдың өзинде 250 мың жасқа 6 триллион сумнан аслам жеңиллетилген кредитлер ажыратылды. Мәмлекетимиз бойынша 210 «Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары» шөлкемлестирилип, 4 триллион сум муғдарында 2,5 мың жойбар әмелге асырылды. Нәтийжеде, жас исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейип, 200 мыңнан артты.

Биз тек ғана жасларымыз емес, ал пүткил жәмийетимиз турмысын түп-тийкарынан өзгертиўге хызмет етип атырған мине усындай ийгиликли жумысларымызды буннан былай да избе-из даўам еттиремиз. Бул бағдарда жасларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сиз, әзизлердиң потенциал ҳәм қәбилетиңизди раўажландырыў ҳәм әмелге асырыў ушын имканиятлар менен шараятларды және де кеңейтемиз.

Қәдирли ул-қызларым!

Әлбетте, елимиз жаслары жаратылып атырған имканиятлардан үнемли пайдаланып, түрли тараўларда дәслепки үмит бағышлайтуғын нәтийжелерин қолға киргизип атырғаны бәршемизди қуўандырады.

Өзбекстанлы оқыўшылар өткен жылы халықаралық пән олимпиадаларында 7 алтын, 36 бронза медалын қолға киргизди.

Жас спортшыларымыз болса халықаралық жарысларда табыслы қатнасып, усы жылы 247 алтын, 119 гүмис, 110 бронза медаль ийесине айланды.

Кейинги жылларда Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған мине усындай жаслардың 758 и мәмлекетлик сыйлықларға ийе болды.

Әлбетте, биз әзиз перзентлеримиздиң арзыў-нийетлери, алдынғы идея ҳәм басламаларын жүзеге шығарыў бойынша баслаған жумысларымызды даўам еттирип, оларды жаңа, және де жоқары басқышқа алып шығамыз.

Исенимим кәмил, жанажан Ўатанымызға меҳир ҳәм садықлық пенен жасап атырған, илим ҳәм кәсип өнерлерди пуқта ийелеп, ҳәзирги қыйын замандағы кескин бәсекиге таяр болған жас өспирим жасларымыз ҳәр қандай бәлент шынларды ийелей алады.

Сиз, әзизлерди бүгинги жаслық, бахыт ҳәм гөззаллық байрамы менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, үлкен жетискенликлер ҳәм әўметлер тилеймен.

Ҳеш қашан умытпаң, жеңис ҳәм бахыт – барынша умтылғантики!

Сизлердиң жетискенлигиңиз – бул пүткил елимиздиң жетискенлиги.

Халқымыз сизлерге исенеди, сизлерге сүйенеди, сизлерден күш-ғайрат, руўх ҳәм илҳам алады.

Өз алдыңызға уллы мақсетлер қойып жасаўдан шаршамаң!

Жаңа Өзбекстанды әлбетте, сизлер менен, пүткил мәмлекетимиз жаслары менен бирге қурамыз.

Бәршеңизге байрам мүбәрек болсын, қәдирли ул-қызларым!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти