Усы жыл 30-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Тахтакөпир районының белсенди ҳаял-қызлары менен ушырасты.


Атап өтилгениндей, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген болып, усы тийкарда оларға исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилген. Билимлендириў, мәденият, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлардағы, сондай-ақ, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша да нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Усыныӊ нәтийжесинде ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы әҳмийетли өзгерислер ҳәм жүз берип атырған жаңаланыўларда үлеси салмақлы болмақта.

Олардың машқалаларына шешим табыў бағдарында бирге ислесиў бойынша жаңа система жаратылды. Ҳәр бир пуқаралар жыйынында ҳаял-қызлар белсендилери өз жумысларын баслады. Ҳаял-қызлар белсендилериниң усыныслары тийкарында бүгинги күнде 41 түрдеги жәрдем көрсетиў әмелиятқа енгизилген. Булардың барлығы шаңарағымыздың уйытқысы, үйимиздиң пайызы, жәмийетимиздиң гүлтажы есапланған ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығы жолында әмелге асырылмақта.

Ушырасыўда жәмийетимиздеги турақлылықты тәмийинлеў бойынша халқымызға тән кеңпейиллилик пенен миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў, дослық ҳәм татыўлықты еле де беккемлеў мәселелери сөз етилди. Өз гезегинде районныӊ бир қатар белсенди ҳаял-қызлары Президентимиздиң басшылығында елимизде алып барылып атырған әдил сиясаттан миннетдар екенликлерин билдирди.



Белсенди ҳаял-қызлар менен усындай ушырасыўлар республикамыздыӊ басқа районларында да болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги