Қоңырат  районлық  мәденият бөлиминде  «Халық конституциясы менен халықшыл мәмлекетке қарай» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық ҳәм үгит-нәсият илажы болып өтти.

Илажда Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети доценти Д.Муитов, усы университет профессоры  Д.Бобожонова, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты профессоры  С.Тўйчиева, Өзбекстан эстрада жулдызлары Ш.Шодиев ҳәм М.Бердиевлар  шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде жүргизилип атырған реформалар нәтийжесинде болып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўларды мақтаныш пенен айтып өтип, бул өзгерислердиң тийкарында мәмлекетимиз Конституциясы турғанлығын айрықша көрсетип берди.




Сондай-ақ,  баянатшылар тәрепинен жаңаланып атырған Конституцияға киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар туўралы да кең түрде айтып өтилип, ол елимиз пуқараларының мәплерин қорғаўшы, еркинликлерин еледе беккемлеўши нормалар менен толықтырылып атырғанлығына тоқтап өтти.

Илаж даўамында Өзбекстан эстрада жулдызлары Ш.Шодиев ҳәм М.Бердиев ҳәм Мәденият бөлими сазенделериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы