Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң (ЖДСШ) пикирине қарағанда, оба кеселлигиниң дунья бойлап тарқалыў қәўипи жүдә жоқары.

Шөлкемдегилердиң ескертиўинше, 43 мәмлекетте бир миллиардтан зыят адамныӊ оба менен кеселлениў қәўипи бар.

Сондай-ақ, 2022-жыл декабрь айында ЖДСШ обаға қарсы қолланатуғын вакцина аз екенлиги ҳаққында да хабар берген еди. Себеби дүнья бойынша обаға қарсы вакцина резерви оғада аз, дейди ЖДСШ қәнигелери.

ЖДСШның оба ҳәм эпидемиялық диарея кеселликлери бойынша топары басшысы Филипп Барбоздың атап өтиўинше, оба пайда болыў жағдайлары санының артып барыў тенденциясы даўам етпекте. Қәнигениң қосымша етиўине қарағанда, кеселлениў жағдайлары санының көбейиўине биринши гезекте, кәмбағаллық, машқалалар ҳәм апатлар себеп болмақта.

 

Уразбаева Гулхатиша

ҚМУ Интернет журналистикасы студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги