Нызамға бола, мектеп питкериўшилериниң гүўалығындағы 11 жыллық тәлимниң соңғы 6 жыллық баҳалары ЖООға кириўдеги балға қосылады. Баҳалар электрон платформалар арқалы есапланады ҳәм ДТМның “АБИТУР” бағдарламасына жибериледи.

Баҳалардың орташа көрсеткиши 6-11-класлардағы ямаса 6-9-класлар ҳәм 1-2-басқышлардағы жыллық баҳалардың улыўма қосындысын оқылған пәнлерге бөлиў арқалы шығарылады.

Максимал балл 100 процент деп алынады ҳәм баллар баҳа системасына төмендегише өткериледи:

— 86–100 % ушын – 5 баҳа;

— 71–85 % – 4 баҳа;

— 56–70 % – 3 баҳа;

— 56 % ге шекем – 2 баҳа.

 

Фатима Рейимбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги