Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Президентимиздиң 2023-жыл 16-февральдағы  “2023-жылы қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўына бағышланған мәжилис болып өтти.

Онда “Қарақалпақстан аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети, “Худудгазтаъминот” жуўапкершилиги шекленген жәмийети  Қарақалпақстан филиалы, “Өзнефьтегазинспекция”ның Қарақалпақстан бөлими, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм коммерциялық банклердиң, Инвестициялар, санаат ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң ўәкиллери, қала ҳәм район ҳәкимлериниң  инвестиция мәселелери бойынша орынбасарлары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов, Орайлық банк баслығының орынбасары А.Турдалиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, коммерциялық банклер тәрепинен қуяш панеллерин орнатыўды қаржыландырыў ушын кредит қаржыларының дәреклери, жоқарыда атап өтилген қарар бойынша жанылғы қуйыў шақапшаларына қуяш панеллерин орнатыў бойынша әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпаларға тоқтап өтти. Сондай-ақ,  халыққа орнатылған қуяш панеллери бойынша “қуяшлы шаңарақ” бағдарламасы ҳәм қуяш панеллери оратылған исбилерменлик субъектлерине берилетуғын салық жеңилликлери туўралы толық түсиник берилди.








Атап өтилгениндей, социаллық ҳәм турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў тараўларында сондай-ақ, экономика тармақларында қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиў, энергия нәтийжелилигин арттырыў арқалы республикамыз аймақларында энергия жетиспеўшилигиниң қапланыўын тәмийинлеў, бул бағдардағы жумысларды комплексли шөлкемлестириў ҳәм инвесторлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде быйылғы жылы улыўма қуўатлылығы 4 мың 300 МВт болған қайта тиклениўши энергия дәреклерин, соның ишинде, 2 мың 100 МВт – ири қуяш ҳәм самал электр станциялары, социаллық тараў объектлери, хожалық субъектлериниң имарат ҳәм объектлери, сондай-ақ, хожалықларда 1 мың 200 МВт қуяш панеллерин орнатыў, исбилерменлер тәрепинен қурылатуғын 550 МВт киши фотоэлектр станцияларын иске қосыў нәзерде тутылмақта. Қарар тийкарында қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын орнатыў, тутыныўшыларды қолайлы энергияға өткериў ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў арқалы 2023-жылы 5 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм 4,8 миллиард метр куб тәбийғый газди үнемлеў режелестирилген. Бул бағдарда бизиң республикамызда да кең көлемли жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди.

Илаждан соң қатнасыўшыларға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген қайта тиклениўши энергия дәреклери ҳәм энергия үнемлеўши технологиялардың көргизбеси усынылды. Онда тәмийнатшылар тәрепинен жеткерип берилетуғын өнимлердиң түрлери, сапасы ҳәм абзаллықлары туўралы  мағлыўматлар берилди.







Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниӊ шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери