Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында cтудент-жасларды исбилерменликке қызықтырыў мақсетинде «Бизнес марафон» мотивациялық тренинги болып өтти.

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының, «Жаслар – келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳәм «Технопос» IT мектебиниң жуўапкерлери менен биргеликте шөлкемлестирилген бизнес марафонда бизнесте тәжирийбеге ийе исбилерменлер жетискенликке ерисиў сырлары ҳаққында сөз етип, бизнести баслаўда нелерге итибар бериў кереклиги ҳаққында жасларға мәсләҳәт берди.



-Бул илаж Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының 2023-жыл 7-февральдағы тапсырмасы менен тастыйықланған жоқары оқыў орынларында студент-жаслар менен ислесиў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўге қаратылған жеке илажлар режесиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилди, -дейди «Жаслар келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы қәнигеси Альбина Жубаназарова. – Ушырасыўда тийкарынан жасларды исбилерменликке қамтып алыў, оларды усы бағдарда жаратылып атырған имканиятлар менен таныстырыў мақсет етилген еди. Бизлер бүгинги күнде жоқары оқыў орынларында, орта арнаўлы мектеплерде жасларды кәсипке бағдарлаў, исбилерменликке қамтып алыў ушын усындай илажларды өткерип атырмыз. Президентимиздиң арнаўлы тапсырмасы менен «e-kasb.uz» онлайн платформасы ислеп шығылған. Онда жаслардың өзлери тиккелей онлайн түрде заманагөй кәсиплерди ийелеў имканияты жаратылған. Бизлердиң фондымыз тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында бүгинги күнде өзиниң исбилерменлигин басламақшы ҳәм жумысын кеңейтпекши болған жасларға жеңиллетилген кредитлер берилмекте. Олар өндирис, хызмет көрсетиў тараўларына 7 жыл мүддетке, Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасы менен 14 проценттен  бериледи. Соның үш жылы жеңиллетилген дәўири болып, кредитти 300 миллион сумнан 600 миллион сумға шекем алыўға болады. Бирақ, кредитлер алкоголь, темеки өнимлерин ислеп шығарыў, қурылыс, саўда-сатық бағдарлары ушын берилмейди.

Жаслар бизнес тараўында өзлерин қызықтырған барлық сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги