Жаңадан қабыл етилип атырған Конституция 27 бап, 155 статьядан ибарат болып, оның ҳәр бир статьясы инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўға, пуқаралардың ылайықлы турмыс кешириўин, миллетлер ҳәм конфессиялар аралық татыўлықты тәмийинлеўге қаратылған.

Мәселен, IX баптың 52-статьясында Өзбекстан Республикасында оқытыўшының мийнети жәмийет ҳәм мәмлекетти раўажландырыў, халықтың руўхый, мәдений потенциалын сақлаў ҳәм байытыўдың тийкары ретинде тән алынатуғынлығы, мәмлекет оқытыўшылардың ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық абаданлығы, кәсиплик жақтан жетилисиўине ғамхорлық ететуғынлығы, көркем дөретиўшилик еркинлиги, мәденият жетискенликлеринен пайдаланыў ҳуқықы кепилленген.

Ҳақыйқатында да оқытыўшы ҳәм устазлар уллы келешегимиз болған жаңа Өзбекстанның жетик зиялыларын таярлайтуғын, өз билим ҳәм тәжирийбеси менен жаслар санасына унамлы тәсир ететуғын қүдиретли күш болып табылады. Соның ушын Президентимиздиң басламасы менен оқытыўшыларды аўыл-хожалығы жумысларына мәжбүрий жумсамаў илажларының әмелге асыўы бүгинги күни оқытыўшылардың қәдир-қымбатын қорғаўдың айқын көриниси болып табылады.

XIV баптың «Шаңарақ балалар ҳәм жаслар ҳаққында»ғы 78-статьясында балалар ата-анасының шығысына ҳәм пуқаралық ҳалатына қарамастан нызам алдында теңлиги, мәмлекет ҳәм жәмийет балаларда ҳәм жасларда миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға садықлықты, мәмлекеттиң және де халықтың бай мәдений мийрасына мақтаныш, Ўатан сүйиўшилик ҳәм ўатанға болған муҳаббат сезимин қәлиплестириўге ғамқорлық ететуғынлығы нызам жойбарында өз көринисин тапқан.

Солай екен, ҳәр бир жас өспиримниң ана Ўатанына деген сезими, меҳир-муҳаббаты, сүйиспеншилиги, өзи туўылып өскен журттағы уллы инсанлардың ел-халқы алдындағы тарийхый мийнетлеринен хабардар болыўы ҳәм миллетимиздиң руўхый-мәдений ғәзийнелеринен рухланған жағдайда ғана, келешек жасларымызда миллий қадириятларымыз, миллий мәдениятымыз ҳәм миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлеримизге болған садықлықты ҳәм мақтанышты қәлиплестире аламыз.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Өзбекстан дөретиўши зиялылары ўәкиллери менен ушырасыўындағы сөйлеген сөзинде А.Шолпан сөзине тийкарланып, «Мәденият жасаса миллет жасайды» – деп атап көрсеткениндей, Қарақалпақстанда соңғы 5-6 жыл ишинде Қарақалпақстан мәденияты ҳәм көркем өнериниң келешегине қәнигели маман кадрлар таярлап беретуғын мәденият ҳәм көркем өнер институтының ашылыўы, опера ҳәм балет мектебиниң ашылыўы, әсиресе, соңғы жылларда халық аралық бақсышылық фестивалының Қарақалпақстанда өткерилиўи мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күниниң белгилениўи, миллий көркем өнеримизди қәстерлеўдиң үлгиси болып табылады.

Усы жерде Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы зиялылары менен ушырасыўындағы төмендеги сөзлерин және қайталамақшыман «Бизиң ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы тарийхымыз бар. Ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы ата-бабаларымыз бар. Ҳәўес етсе арзыйтуғын шексиз байлықларымыз бар. Мен исенемен несип етсе, ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы келешегимиз, уллы әдебиятымыз ҳәм көркем өнеримиз де әлбетте, болады» деп көрсеткениндей миллий қәдириятларымыз бенен руўхый мийрасларымызды келешек жасларымыздың санасына сиңдирип баратуғын, оларды миллий мәдениятымызға садықлық руўхында тәрбиялайтуғын ғалабалық дәреклердиң бири ана тилимиздеги күнделикли баспа сөз, Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радиосы болып табылады. Олардың заман талабына сай ҳәрекет етиўи, ийгиликли ислеримиздиң жетилисип барыўында айрықша орын тутады.

Жасларымызды кәмил инсан дәрежесинде ҳәм оларды миллий қәдириятларымызға  өзлигимизге, ана ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўға үлес қосып атырған ҳүрметли устазлар менен мәденият тараўы хызметкерлери өзлигимизди улығлаўға ҳуқықый негиз болған Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша Өзбекстан Республикасы референдумында даўыс бериўге белсене қатнасыўға шақыраман.

         Ж.Айтмуратов,

 ҚМУ «Археология» кафедрасы доценти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги