Нөкис қаласындағы 22-балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер фестивалы» шеңберинде Өзбекстан Көркем дөретиўшилер аўқамының ағзасы, художник Қазақбай Хожамуратовтың оқыўшы-жаслар менен ушырасыўы, сондай-ақ, шеберлик сабағы шөлкемлестирилди.
Шеберлик сабағында тәжирийбели художник жасларға тийкарланған портрет жанрында ислеў усыллары ҳәм реңлерден пайдаланыў қағыйдаларын үйретти.
– Бүгинги шеберлик сабағында оқыўшылардың билими және де тереңлести,-дейди мектептиң сүўретлеў көркем өнер дөгерегиниң басшысы Улуғбек Ишанов. – Мектебимиздиң «Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер» дөгерегинде 100 ге шамалас ул-қыз билим алмақта. Оларға реңли сүўрет сызыў, композиция, мүсиншилик ҳәм графика жанрларында ислеў бойынша билим берип келмектемиз. Оқыўшылардың көпшилиги бир қатар таңлаў ҳәм фестивальларда табыслы қатнасып келмекте.
Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА