14-апрель күни Ҳиндстан “Қытайдың узақ ҳүкимдарлыгы” на шек қойып, дүньядағы халық саны ең көп мәмлекетке айланды, деп хабар берди Market Watch БМШтыӊ халық саны бойынша прогнозларына сүйене отырып.

Ҳиндстан халқыниӊ саны 1 425 782 975 адамға жетти (Қытайда 1 425 744 008 адам).

Экспертлер Ҳиндстанның үлкен экономикалық потенциалын тән алып  атыр. Мәмлекетте мийнетке уқыплы ҳәр 100 адамға 47 мийнетке уқыпсыз адам туўра келеди.

2048-жылға келип  Ҳиндстан мийнетке уқыпсызлар саны ең аз болған мәмлекетлер дизиминде 43-орыннан 23- орынға көтерилиўи күтилмекте.

Қытайда болса мийнетке уқыплы ҳәр 100 адамға 45 уқыпсыз адам туўра  келеди. Мәмлекет халықтың мийнетке қәбилети бойынша жәҳән рейтингинде 146 -орынды ийелейди.

Бийбиназ Сарсенбаева,

ҚМУдыӊ Интернет журналистика тәлим

бағдарыныӊ 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги