Қазақстанның Шымкент қаласындағы балалар клиникалық емлеўханасыныӊ қәнигелери жас баланың мийинен  қуртты алып таслады.

Бул ҳаққында жергиликли Otyrar басылымы хабар берип атыр.

ҒХҚ хабарларына бола, он жастағы бала күнделикли бас аўырыўынан шағым етип, шыпакерлерге мүражәт еткен. Тексериў нәтийжесинде шыпакерлер наўқаста бас мийиниң эхинококкоз кеселлиги бар екенин анықлади.

Бала қысқа ўақыт ишинде емлеўханаға жатқарылған ҳәм операция исленген. Операция даўамында хирурглер 15 тен 10 см ге шекем болған эхинококоз кистасын, соның менен бирге, шама менен 10 -15 лента сыяқлы қуртты алып таслаған.

Мийдиң эхинококкози аз ушырасатуғын паразитар кеселлик болып табылады. Паразитлер инсан организмине гигиена қағыйдаларына әмел етилмегенде (көбинесе ҳайўанлар ямаса патас қол арқалы) киреди.

Егер усы кеселлик кеш анықланса, ҳәттеки өлимге алып келиўи де мүмкин.

 

Бийбиназ Сарсенбаева,

ҚМУдыӊ Интернет журналистика тәлим

бағдарыныӊ 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги