«Халық конституциясы менен халықшыл мәмлекетке қарай» сүрени астында үгит-нәсият илажлары Кегейли районында да болып өтти.
Оған Республикалық “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң бѳлим баслығы Наим Ниёзов, Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университети профессоры Феруза Акрамова, Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты профессоры Рахимбой Жуманиёзов, Руўхый-ағартыўшылық изертлеўлер институты директоры Мунира Қаҳҳорова, “Шуҳрат” медали ийеси, қосықшы Алишер Рўзметов, Юнус Ражабий атындағы мақам ансамбли ағзасы Рустам Мирминов, қосықшы Улуғбек Рўзметовлар қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен мәмлекетимизде соңғы жыллары халық хожалығының барлық тараўларында алға илгерилеўлер жүз берип атырғаны ҳәм оны халқымыз өзиниң күнделикли турмысында көрип гүўасы болып жүргенлигин айтып өтти.
Мине усы өзгерислердиң барлығының тийкары Конституция екенлиги, оны заманға сай жаңа өзгерислер менен толықтырыў зәрүрлигинен келип шығып, пуқараларымыздың мәплерин қорғаўшы, олардың еркинликлерин беккемлеўши нормалар менен Конституцияға өзгерислер киргизилип атырғанлығын кең түрде түсиндирип өтти.
Өткерилген үгит-нәсият илажлары даўамында Өзбекстан эстрада жулдызларының атқарыўындағы концерт бағдарламалары қойып берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы