Тахтакөпир районы Қараой аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 10-санлы мектепте «Халық Конституциясы менен халықшыл мәмлекетке қарай» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық ҳәм үгит-нәсият илажы болып өтти.
Илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы «Маърифат» үгит-нәсиятшылары Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр Рустам Мусурмон, Өзбекстан Республикасы Президентти жанындағы мәмлекетлик басқарыў академиясының оқытыўшысы Мавлуда Ғаффорова, Өзбекстан мәмлектлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының оқытыўшысы Мафтуна Тўраева, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Бобур Бобомуродлар мийман болды.
Онда сөзге шықканлар, Жаңа Конституцияның тийкарғы, принципиаллық жаңалықлары, бүгинги күнде мәмлекетимиздиң барлық тараўларында жедел пәт пенен раўажланыўлар, үлкен жаңаланыўлар болып атырғанлығын ҳәм бул раўажланыўлар қатарында нызамшылық, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери тараўындағы жаңа нызамлар қабыл етилип атырғанлығын, усы жаңаланыўлардың тийкары Конституция екенлигинен келип шығып, оны жаңа өзгерислер менен толықтырылған, елимиздиң, пуқараларымыздың мәплерин қорғаўшы, олардың еркинликлерин беккемлеўши нормалар менен Конституцияға өзгерислер киргизилип атырғанлығын түсиндирип, 2023-жыл 30-апрель күни өткерилетуғын Референдумға белсене қатнасыўға шақырды.
Илаж даўамында Өзбекстан мәмлектлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының оқытыўшысы, қосықшы Мафтуна Тўраева, қосыкшы Кумуш Мўминова ҳәм Мәденият бөлими сазенделериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.
Усы атамадағы үгит-нәсият илажы районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы мектепте де болып өтти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы