Ҳәкимшилик жәриймаларды төлеўде халыққа қосымша қолайлықлар жаратылыўы мүнәсибети менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерис киргизиў бойынша Нызамға (ӨРН–830-санлы, 18.04.2023 ж.) Президент тәрепинен қол қойылды.
Кодекстиң 332-1-статьясына киргизилген өзгериске бола:
Ҳуқықбузар оған жәрийма салыў ҳаққындағы қарар тапсырылған күннен баслап 15 күн ишинде жәрийма муғдарының 50 процентин ямаса 30 күн ишинде жәрийма муғдарының 70 процентин ықтыярый түрде төлеген жағдайда, ол жәрийманың қалған бөлегин төлеўден азат етиледи.
Жәрийма салыў ҳаққындағы қарарды орынлаўдың әпиўайыластырылған тәртиби төмендеги жағдайларда қолланылмайды:
- Кодекстиң 131, 132, 136 ҳәм 140-статьяларында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар жүз бергенде;
- жәрийма салыў ҳаққындағы қарар үстинен шағым етилгенде ямаса протест билдирилгенде;
- тап усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин 1 жыл даўамында қайтадан жүз бергенде.
Нызам 2023-жыл 1-майдан баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги