«Виртуал» (латынша, virtualis – имкәният) реал көриниске ийе емес, лекин, мәлим шәртлер қойыўы мүмкин деген  мәнини аңлатады. Виртуал сөзи IV әсирде әййемги Византия флософиясында қолланылған. Ҳәзирги күнге келип, виртуал сөзи реаллық көринисине жетип келди. Компьютер тап магнит металлды тартқанындай, кисилерди оннанда күшлирек өзине тартпақта.

Компьютер ойынлары ақыбетинде жаслардың бас мий системасында өзгерислер күзетилмекте. Яғный, үлкен жаслы кисиниң бас мий системасында жас баланики сыяқлы өзгерип қалыўы, баланың бас мий системасы болса, керисинше үлкен жастағыларға уқсап өзгериўи күзетилмекте. Виртуал әлемде балалар руўҳий жағдайы ҳәмде компьютер алдында үлкенлерге уқсап өзин тутыўы көзге тасланған. Әттең, балалар өзлериниң қайталанбас балалық сезим дәўирлерин виртуал әлемге алмастырып қоймақта. Көплеп алымлар компьютер ойынлары зыянлы екенин, ҳәттеки, адам өмирине қәўипли екенин айтпақта.

Мәселен: 2005-жылдың октябр айында Хытайлық қыз бир неше күн тынымсыз компьютердеги «World of Warcraft» ойынын ойнаў нәтийжесинде қайтыс болған.

Гиябентлик, ишкилик иллетлери сыяқлы компьютер ҳәм виртуал ойынлар да өз қармағына түсириў қабылетине ийе. Үлкен жастағы кисилер реал өмирде де өзлерин балалардай тутып жуўапкершиликсиз болып қалады. Бир баланың айтыўына қарағанда, әкеси сол дәрежеде интернеттеги ойынлар қызығына шоңғып кеткени нәтийжесинде шаңарағында келиспеўшиликлер келип шыққан.

Олимов Абуджан,

Муҳаммад ибн Амад ал-Беруний Орта арнаўлы ислам билим журты 4-курс талабасы.