Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-февраль күни Түркмен халқының миллий жетекшиси ҳәм Түркменстан Халық мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында жетекшилер Өзбекстан Республикасы ҳәм Түркменстан арасында дипломатиялық қатнасықлар оранатылғанының 30 жыллығы менен бир-бирин шын кеўилден қутлықлап, ең жақсы тилеклерин билдирди. Халық Мәсләҳәти Баслығы Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың да қызғын қутлықлаўларын жеткерди.

Өткен жыллары Өзбекстан – Түркменстан қатнасықлары дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм исенимдей жақсы дәстүрлерге сүйенген ҳалда жедел раўажланып барғаны ҳәм ҳәзирги күнде стратегиялық шерикликтей жоқары дәрежеге көтерилгени айрықша атап өтилди.

Бул қутлы күнде әзелден жақын туўысқанлық байланысларынан келип шығып ҳәм өз-ара ҳүрмет белгиси сыпатында еллеримиз арасында дослық жәрдем алысылды – Түркменстаннан елимизге суйылттырылған газ партиясы жеткерилди, өз гезегинде Өзбекстаннан қоңсы мәмлекетке заманагөй тез жәрдем машиналары жиберилди.

Буннан тысқары, күни кеше мәмлекетлеримиз пайтахтларында кең жәмийетшилик, миллий диаспоралар ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллериниң қатнасыўында салтанатлы илаж ҳәм концертлер болып өтти.

Товар алмасыўдың өсип атырғаны сондай-ақ, «Шовот-Тошовуз» шегара алды саўда зонасын қурыў бойынша биргеликтеги жумыслар басланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Транспорт, энергетика, санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тармақларда әҳмийетли кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Суў ресурсларын басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында, соның ишинде, қоспа суў хожалығы комиссиясы шеңберинде нәтийжели бирге ислесиў даўам етпекте.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында, соның ишинде, аймақлар дәрежесинде билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламалары жедел жүзеге шығарылмақта.

Өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе стратегиялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ушын имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.

Халықаралық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Телефон арқалы сөйлесиў әдеттегидей қызғын, ашық ҳәм дослық руўхында болып өтти.

ӨзА