Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Түркменстан халқы ҳәм Ҳүкиметиниң атынан сондай-ақ, жек өзимниң атымнан Сиз ҳәм дос өзбек халқына Түркменстан ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды ҳәм жақсы тилеклеримди жоллаў мен ушын үлкен мақтаныш.

Өткен жыллар даўамында дәстүрий дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара исеним байланысларына тийкарланған еки тәреплеме дослық байланыслары бирге ислесиўдиң күн сайын жаңа бағдарларын қамтып алған ҳалда турақлы раўажланды.

Ҳәзирги күнде Түркменстан – Өзбекстан қатнасықларының мазмуны мәмлекетлер аралық шерикликтиң тийкарғы бағдарлары ҳәм перспективалары менен глобал тенденцияларына байланыслы көз-қарасларымызда да елимиздеги өз-ара түсинисиў арқалы белгиленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтиўди қәлер едим.

Түркменстан ҳәм Өзбекстанды халықаралық турмысқа байланыслы әҳмийетли мәселелерге қатнаслардың уқсаслығы ямаса сәйкеслиги байланыстырып турады.

Бул мәмлекетлеримиздиң халықаралық ҳәм регионаллық структуралар шеңберинде жолға қойылған системалы бирге ислесиўинде де айқын көринисин таппақта.

Өз-ара саўда-экономикалық байланыслар да жақсы нәтийже көрсетпекте, саўда айланысы турақлы артып бармақта, энергетика, транспорт-коммуникация ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы бирге ислесиў де жедел раўажланбақта. Бул болса халықларымызды және де жақынластырыў, әзелий дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларн беккемлеў ушын көпир ўазыйпасын атқармақта.

Түркменстан ҳәм Өзбекстанның стратегиялық шериклиги биргеликтеги ҳәрекетлер менен буннан кейин де улыўмалық абаданлық жолында жедел пәтлер менен раўажланып, беккемленип баратуғынына исенемен.

Сөзимниң жуўмағында Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса даўамлы раўажланыў тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Сердар БЕРДИМУҲАМЕДОВ,
Түркменстан Президенти