Елимизге белгили палўан Сансызбай Юсуповтың 60 жасқа толыўы мүнәсибети менен «Кураш» бойынша жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында еки күн даўамында Нөкис қаласы бириншилиги болып өтти.
Оған Нөкис қаласындағы спорт мектеплеринде билим алып атырған, спорттың усы түри менен шуғылланып киятырған 60 қа шамалас ер ҳәм 15 қыз спортшы-жаслар қатнасты.
Жарыс 10 салмақ категориясы бойынша алып барылды, соннан қызлар еки салмақ категориясында беллести.
- Cансызбай аға республикамыздағы спорттың жеке гүрес түрлерин раўажландырыўға үлкен үлес қосқан ҳәм усы спорт түрлери бойынша көплеген нәтийжелерге ерискен устаз спортшыларымыздың бири болып есапланады. Жақында ол Греция мәмлекетинде самбо бойынша ветеранлар арасында өткерилген жарыста та өз салмақ категориясында бириншиликти қолға киргизип, елеге шекем, спорттың жеке гүрес түрлеринен теңсиз екенлигин көрсетип келмекте,-дейди Республикалық спорттың жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниң аға тренери Жамшид Турабаев. – Өткерилген бул жарыс жасларымыздың устаз спортшылардың тәжирийбелери менен кеңнен танысыўына, олардың үлги аларлық жетискенликлеринен мотивация алып, өзлериниң де жақсы нәтийжелерге ерисиўи ушын умтылыўына үлкен түртки береди, деп ойлаймыз.
Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, Өзбекстан Кураш Федерациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен диплом ҳәм медаллар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери