«Джиу-джитсу» спорты республикамызға енди кирип киятырған жаңа спорт түрлеринен болып табылады. Бүгинги күни Нөкис қаласы, Шымбай, Хожели, Тақыятас, Кегейли, Шоманай, Бозатаў, Нөкис районларында бул спорт түри жаслар арасында кеңнен ен жайып раўажланып бармақта. Олар соңғы жыллары Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан чемпионатларына қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.
Тақыятаслы жас спортшы Азимжан Тажибаев та усындай жаслардың бири. Кишкенелигинен тәжирийбели тренер Жасур Тажибаевтың қол астында самбо менен шуғылланып киятырған ол японлардың жаўынгерлик өнери есапланған «Джиу-джитсу»ға қызығып, өткен жылдан берли жас тренер Орынбай Оразымбетовтан бул спорттың әлўан түрли сырларын үйренип жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизип киятыр.
Өткен жылы 120 кг салмақта Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан чемпионлығын жеңип алған Азимжан 27-30-январь күнлери Қазақстан Республикасының пайтахты Астана қаласында өткерилген халық аралық «AJP.tour ASTANA» жарысында гүмис медалды жеңип алыўға миясар болды.
-Бул жарысқа АҚШ, Франция, Ҳиндстан, Қырғызстан, Түркия, Бельгия, Бразилия, Бирлескен Араб әмирликлери, Қазақстан ҳәм Россиядан күшли спортшылар қатнасты,-дейди бизге Азимжанның тренери Орынбай Оразымбетов.-Шәкиртим дәслепки басқышта россиялы, соңынан бразилиялы спортшыларды жеңип шығып, финалда қазақстанлы қарсыласына жеңилди ҳәм усы жылдың март айында өткерилетуғын Абу-Даби Гран При жарысына жоллама алды. Оның бул жетискенлигинен оғада қуўанышлымыз. Алдағы ўақытлары шәкиртлеримиз арасынан усындай халықаралық жарыслардың жеңимпазлары өсип шығатуғынлығына беккем исенемен.
Орынбай айтып өткениндей бүгинги күни Тақыятас спорт мектебинде Джиу-джитсу спортына қызығыўшы жаслар оғада көп. Олар әйне күнлери алдағы жарысларға пуқта таярлықлар көрмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы