Таиланд пайтахты Бангкок қаласында өткерилген бокс бойынша U 22 Азия чемпионаты өз жуўмағына жетти.

Онда Өзбекстан сайланды командасының жигитлери 9 алтын, 1 гүмис ҳәм 1 қола медалларын қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтатуғын болсақ, 60 кг салмақта Дилшод Абдумуродов, 63,5 кг да Шаҳбоз Юнусалиев, 67 кг да Бекзод Ҳамидов, 71 кг да Нурислом Исмоилов,  75 кг да  Аълохон Абдуллаев, 80 кг да Жасурбек Йўлдошев, 86 кг да Шоҳжаҳон Абдуллаев, 92 кг да Нусрат Тоҳиров, +92 кг да Жаҳонгир Зокировлар алтын, 48 кг да Шодиёржон Мелиқўзиев гүмис ҳәм  51 кг да Муҳаммадқодир Мамиржонов қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Боксшилеримиз тәрепинен қолға киргизилген бул нәтийже Өзбекстан сайланды командасының улыўмалық есапта биринши орынды ийелеўине имканият жаратты.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы