Ҳиндстанның Пуна қаласында теннис бойынша W40 Pune турнири болып өтпекте.

Сыйлық муғдары 40 000 АҚШ доллары болған бул жарыста Өзбекстанның 1-ракеткасы Нигина Абдураимова табыслы қатнасып атыр. Атап айтатуғын болсақ, ол бүгин шерек финалда япониялы Ери Шимизуни 6/2, 6/1 есабында жеңип шығып ярым финал жолламасын қолға киргизди.

Буннан алдын өткерилген 1/16 финалында  Нигина латвиялы Диана Марцинкевичти 6/2, 6/0, 1/8 финалда болса  россиялы Дарья Кудашованы 6/2, 6/1 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Соны да айтып өтиўимиз керек, Нигина Абдураимова ҳәзирги ўақытта WTA рейтингинде 176-орынды ийелеп келмекте.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы