Таиланд пайтахты Бангкок  қаласында 22 жасқа шекемги боксшилер арасындағы Азия чемпионаты өз жуўмағына жетпекте.

Бүгин қызлар арасындағы жарыста финал беллесиўлери болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасының 8 боксшиси өз қарсыласлары менен чемпионлық ушын гүрес жүргизди. Усы спортшылар арасында 48 кг салмақта Фарзона Фозилова, 50 кг да Сабина Бобоқулова, 52 кг да Феруза Казакова, 54 кг да Нигина Ўктамова, 66 кг да Навбаҳор Ҳамидовалар алтын медалды қолға киргизген болса, 3 боксши финалда жеңилип қалды.

Ал, 2 боксшимиз болса, қола медалы менен шеклениўге мәжбүр болды.

Азия чемпионатының жигитлер арасындағы финал ушырасыўлары ертең 26-январь күни өткериледи ҳәм онда 10 боксши алтын медал ушын беллесиўлерге түседи.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы