Ташкент қаласында улыўма сыйлық фонды 18 мың АҚШ доллары болған «Central Asia Chess Cup 2023» халықаралық шахмат турнири болып өтти.

Онда Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстон, Түркменстан ҳәм Өзбекстаннан 57 шахматшы жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес алып барды.

Ерлер арасында өткерилген жарыста 9 ойыннан 8 упай топлаған мәмлекетимиз ўәкили  Шамсиддин Воҳидов  турнир жеңимпазы болған болса, екинши орын 6,5 упай топлаған Ортиқ Ниғматов ҳәм қазақстанлы  Азамат Утегалиевлерге несип етти.

Қызлар арасында өткерилген жарыста болса, 5,5  упай топлаған Нилуфар Якуббоева жеңимпазлықты қолға киргизди.

Командалық жарысларда болса Өзбекстан  биринши, Қазақстан екинши,  Тәжикстан үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.


Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы