Усы күнлери Таиланд пайтахты Бангкок қаласында 22 жасқа шекемги боксшилер арасында Азия чемпионаты болып өтпекте.
Бүгинги күнге келип чемпионатта ярым финал ушырасыўлары өз жуўмағына жетти. Енди 25-январь күни қызлар арасында, 26-январьда жигитлер арасында алтын медаль ушын беллесиўлер өткериледи.
Итибарлы тәрепи сонда, басқа мәмлекет спортшыларына салыстырғанда Өзбекстан сайланды командасынан 18 боксши финалда қатнасады. Ал, Қазақстаннан 8, Таиландтан 7, Монголиядан 5, Қытайдан 4, Филиппиннен 2, Камбоджа, Индонезия, Непал, Вьетнамнан 1 боксшиден финалға шығыўға миясар болды.
Соны да айтып өтиўимиз керек, Өзбекстан сайланды командасының жигитлери 13 салмақ категориясының 10 ынан, қызлар болса, 11 салмақ категориясының 8 инен финал жолламасын қолға киргизиўге еристи.
Чемпионатқа Азияның 20 мәмлекетинен боксшилер қатнаспақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы