Кеше хоккей бойынша Қазақстан ашық чемпионатында гезектеги тур ойынлары болып өтти.

Онда Ташкенттиң  «Ҳумо»  хоккей клубы Алмата қаласының «Алматы» клубы менен ушырасып, онда 3:0 есабында жеңиске еристи.

Бул жеңистен соң «Ҳумо» өз упайлар санын 56 ға жеткерип, турнир кестесинде 2-орынға  шығып алды.

Ал, «Алматы» клубы болса 30  упай менен 10-орынды ийелеп тур. Бүгин бул командалар және бир мәрте өз-ара ойынға түседи.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы