Таиланд пайтахты Бангкок қаласында бокс бойынша 22 жасар ерлер ҳәм қызлар арасында Азия чемпионаты болып өтпекте.
Онда табыслы қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасының қызлары 10 салмақ категориясы бойынша ярым финалда өз қарсыласлары менен ушырасып, соннан 48 кг салмақта Фарзона Фазилова таиландлы Типсатча Ёдвареди , 50 кг да Сабина Бобоқулова сингапурлы Кеи Чиди, 52 кг да Феруза Казакова вьетнамлы Ти Нгуен, 54-57-66 кг ларда Нигина Ўктамова, Ситора Турдибекова ҳәм Навбаҳор Ҳамидовалар қазақстанлы боксшилерди, 81 кг да Саҳобат Ҳусанова таиландлы Порнипа Чутиди жеңип шығып финал жолламасын қолға киргизди.
Сондай-ақ, Азиза Зокирова ҳәм Соҳиба Рўзметовалар да финалда алтын медал ушын рингке шығады.
Қарақалпақстанлы боксшимиз Рашида Тагирова да бул Азия чемпионатында қатнасып, тилекке қарсы, өз қарсыласынан жеңилип қалды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы