Усы жылдың 16-20-январь күнлери аралығында Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында ерлер арасында гандбол бойынша «Универсиада-2022» спорт жарысларының республикалық финал басқышы болып өтти.
Оған аймақлық басқышларда жеңимпаз болған төрт команда – Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент, Сурхандәрья ҳәм Наманган ўәлаятларындағы жоқары оқыў орынлары студентлеринен дүзилген сайланды командалар қатнасты.
Қызғын беллесиўлер менен өткен жарыста республикамыз спортшылары Сурхандәрья ўәлаяты командасын 34:29 есабында жеңип шыққан болса, Наманган ўәлаяты командасы менен тең ойын көрсетти – 26:26. Ташкент ўәлаяты командасы менен өткерилген ойында жерлеслеримиз азғана парқ пенен – 32:34 есабында имканиятты берип қойды.
Солай етип, гандбол бойынша «Универсиада-2022» спорт жарысларының республикалық финал басқышында 1-орынды Ташкент ўәлаяты, 2-орынды Қарақалпақстан Республикасы, ал 3-орынды Наманган ўәлаяты сайланды командалары ийеледи.
Республикамыз командасының бундай нәтийжени қолға киргизиўинде сайланды команда ағзалары: Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының студентлери – Ж.Жолдасбаев, К.Есемуратов, Ж.Бийсенбаев, Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлери – А.Ильясов, М.Қулмуратов, М.Жолдасбаев, А.Марқабаев, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студентлери – О.Хасамшаев, Ш.Шерниязов, Қ.Жарылқасынов, С.Турдымуратов, сондай-ақ, спортшыларды жарысқа таярлаған тренер-оқытыўшылар Б.Пирниязов ҳәм А.Қуралбаевлардың мийнетлерин айрықша атап өтиў орынлы.
Солай етип, Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы «киши олимпиада» есапланған универсиада спорт жарысларының республикалық финал басқышында гүмис медалын қолға киргизди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.