Ҳиндстанның Бхопал қаласында теннис бойынша ITF W40 турнири болып өтпекте.
Улыўма сыйлық фонды 40 000 АҚШ долларын қураўшы бул жарыста Нигина Абдураимова 1/8 финалда россиялы Екатерина Рейнголдни 7/5, 1/6, 7/5 есабында жеңип шығып, шерек финал жолламасын қолға киргизди.
Салыстырыў ушын айтып өтиўимиз керек, Абдураимова WTA рейтингинде 176, Рейнголд болса 294-орынды ийелеп келмекте. Ал, Нигинаның шерек финалдағы қарсыласы Анастасия Тихонова болса, дүнья теннисшилери рейтингинде 277-орынды ийелеп тур.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги