Усы күнлери  Нидерландияның  Вейк-ан-Зее қаласында шахмат бойынша  ең ири халықаралық турнирлердиң бири болып өтпекте.

Кеше усы турнирдиң «Мастерс» топарында қатнасып атырған Нодирбек Абдусатторов 3-тур шеңберинде ҳиндстанлы Доммарджу Гукеш пенен теңбе-тең ойнаўға еристи.

Ал, жарыстың «Челленджер» топарында қатнасып атырған гроссмейстримиз Жавоҳир Синдаров болса, және бир ҳиндстанлы Рамешбабу Вайшалиди жеңип шығыўға миясар болды.

Бүгинги күнге келип бул еки шахматшымыз да 1 ойында жеңиске ерисип, 2 ойында теңбе-тең ойнаўға еристи.

Бүгин «Мастерс» ҳәм «Челленжер» жарысларында 4-тур ойынлары өткериледи. Онда Нодирбек Абдусатторов иранлы Пархам Магсудлу , Жавоҳир Синдаров  ҳиндстанлы гроссмейстер Адҳибан менен өз-ара беллесиўге түседи.

 

Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы