Хоккей бойынша Қазақстанның Про лигасында табыслы қатнасып киятырған Ташкентттиң «Ҳумо» клубы 35-тур шеңберинде «Ақтөбе» клубы хоккейшилерине қарсы ойын өткерди.
Онда өзиниң ҳәр тәреплеме үстинлигин көрсеткен майдан ийелери қарсылас команданы 7:1 есабында жеңип шығыўға еристи.
35-турдан соң «Ҳумо» өз упайлар санын 52 ге жеткерип, екинши орында киятырған «Номад» командасына әдеўир жақынласып алды.
Бүгин бул командалар «Ҳумо Арена»да 36-тур ойынын өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы