АҚШ тың  Лейк-Плесид қаласында XXXI пүткил жер жүзилик қысқы Универсиада ойынлары болып өтпекте.

Онда үш спорт түри бойынша 13 спортшы менен қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы ағзаларынан еки фигуралы ушыўшы кеше өзиниң жарыстағы шығыўларын тоқтаттты.

Атап айтатуғын болсақ, ерлер арасында беллесиўлерге кирискен Азизмурод Шабазов 36.31 балл, қызлар арасында  Нигинабону Жамолиддинова 39.37 балл топлаўға еристи. Тилекке қарсы, спортшылардың қолға киризген бул көрсеткишлери олардың кейинги басқышқа шығыўы ушын азлық етти.

Адилбай Оразов,  

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы