2023-жылдың 1-июлинен баслап Ташкент қаласында медициналық қамсызландырыў системасы әмел ете баслайды. Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министри Амрилло Иноятов мәлим етти.

Оның сөзлерине бола, ҳәзирги ўақытта бундай системаны жолға қойыў ушын Ташкент қаласы ҳәм Наўайы ўәлаятында барлық зәрүр шараятлар бар.

Бир ай мүддетте тийисли ҳүжжетлер ислеп шығылады.

Пайтахттағы 72 шаңарақлық поликлиника ҳәм 40 емлеўхананы компьютер ҳәм басқа да зәрүр қураллар менен тәмийинлеў ушын 30 миллиард сум қаржы ажыратылады.

Жойбар шеңберинде медицина дәргайлары толық санластырылады. Нәтийжеде ҳәр бир пайдаланыўшы қашан, қай жерде ҳәм қалай емлениў ҳаққында анық мағлыўматларға ийе болады.

ӨзА