Атабек Муртазаев, Азиз Муртазаев ҳәм Бекназар Абдикамалов ҳәзирде «Senior» дәрежесиндеги программистлер болып,  пүткил дүньяға белгили  «Facebook» ҳәм «Амазон» компанияларында жумыс ислеген дәслепки қарақалпақстанлы қәнигелер болып есапланады.

Бүгин Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм «Texnopos IT» академиясының шөлкемлестириўи пайтахтымызда жайласқан Жаслар орайында менен программаластырыў тараўына кирип келген жерлеслеримиз бенен ашық сәўбет өткерилди

Оған республикамыздың барлық аймақларынан усы тараўға қызығыўшы жаслар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.

Ушырасыўда Атабек Муртазаев, Азиз Муртазаев ҳәм Бекназар Абдикамаловлар өзиниң өмир жолы ҳәм  IT тараўына кирип келиў себеплери, бул жолда ислеген ҳәрекетлери туўралы илаж қатнасыўшыларына кең түрде мағлыўматлар берди.



Сондай-ақ, ушырасыўда илаж қатнасыўшылары тәрепинен IT тараўы ҳәм сырт еллерде оқыў бойынша өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, оған тийисли жуўапларын алды.

-Баламызды мектепте қайсы тилде оқытсақ мақул болады,-деп сорадым Атабек Муртазаевтан ушырасыў соңында.

-Балаңыз мектепте қайсы тилде оқығанының парқы жоқ. Ең баслысы онда билим ийелеўге, дүньяны үйрениўге деген қызығыўшылық болса болды. Соның менен бирге IT тараўын тереңнен жақсы үйрениў ушын инглис тилин жетик билиўи зәрүр. Сонда ғана балаңыздан сиз үмит еткен қәниге өсип жетилиседи,-дейди ол.

Ушырасыў соңында шөлкемлестириўшилер тәрепинен кеше мийманларына миннетдаршылық билдирилип, оларға миллий бас кийимлер саўға етилди.

Бүгинги күни дүньяның ең бир абырайлы компанияларында жумыс ислеп, ҳәр қыйлы жойбарларды жеңип алып жүрген бул заманласларымыз ҳәзирги күни өз үйлерине қысқы дем алысқа келип, республикамыз жаслары менен өз-ара ушырасыўлар өткермекте.


Адилбай Оразов,  

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы