Нызамшылыққа бола, арза бериўшилер төмендеги ҳуқықларға ийе болып есапланады:

сораўнамада мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң бала ушын туўра келетуғын жастағы бос орынларға ийе болған топарын (жоллама алыў ушын) ямаса бос орынларға ийе болмаған топарын (гезекке киргизилиўи ушын) көрсетиў (таңлаў);

баланы туўылған ўақыттан баслап мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине гезекке қойыў;

бир ўақытта үш мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине баланы гезекке қойыў;

қәте киргизилген мағлыўматларды дурыслаў;

мәмлекетлик хызмет көрсетилип атырған ҳәр қандай басқышта оннан пайдаланыўды бийкарлаў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги