Роман Смирягин Қазақстан ашық чемпионатында декабрь айының ең жақсы дәрўазамын деп табылды.

Өткен айда Роман қатнасқан бес ойынның төртеўинде Ташкенттиң «Ҳумо» командасы жеңиске еристи. Ол бир ойында өз дәрўазасынан улыўма шайба өткерип жибермеди ҳәм 94,11 процент соққыларды қайтарыўға миясар болған.

Соны айтып өтиўимиз керек, «Ҳумо» командасы бүгинги күни 32 ойыннан 47 упай топлап Қазақстан ашық чемпионатында 3-орынды ийелеп тур. Ал, оннан жоқарыда турған Номад клубы болса, 36 ойында 51 упай топлаўға ерискен.

Чемпионат кәрўанбасысы Қарағандының «Сарыарқа» клубы есабында болса, 34 ойыннан соң 62 упай бар.

 

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы