ЖДСШниң мәлим етиўинше, «омикрон» штаммының жаңа ХВВ.1.5 субварианты 29 мәмлекетте дизимге алынды. Қалаберди, ол бир неше ҳәпте ишинде АҚШта доминант версияға айланды. Ҳәзир жаңа мутация Европа еллеринде де кеңнен тарқалмақта.

«Биз өсиў пәтлеринен тәшўиштемиз. Себеби ҳәзирги шекем белгили бир вариантлар арасында ХВВ.1.5 тиң жуқпалылығы жоқары. Қорқынышлы тәрепи, ол дүньяда коронавирус пандемиясының жаңа толқынына себеп болыўы мүмкин»,-дейди ЖДСШ эксперти Мария Ван Керхове.

Шөлкем басшысы Т.Гебрейесустың атап өтиўинше, «дүнья бойлап кеселлениўдиң жаңа толқыны күтилмекте. Бирақ бул өлимшилик көрсеткишлериниң артыўына алып келмеўине исенемиз. Себеби биз өткен дәўирде бул вирусқа қарсы гүресиў бағдарында жетерли тәжирийбе топладық».

Соннан келип шығып, қәнигелер СOVID-19ға қарсы бустер дозада емлениў ең дурыс илаж екенлигин атап өтпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги