Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның районлық бөлимлери тәрепинен Өзбекстан Республикасының «Суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамы талапларының орынланыўы бойынша турақлы түрде қадағалаў жумыслары жолға қойылған.

2022-жылдың 11 айы даўамында жәми 2379 қадағалаў илажлары, соның ишинде, 1386 тексериў ҳәм 993 мониторинг жумыслары өткерилген. Анықланған 1626  нызамбузыўшылықты сапластырыў бойынша 2442 қадағалаў ҳүжжетлери қолланылған. Нәтийжеде, анықланған нызамбузыўшылық жағдайларын сапластырыў бойынша 353 жазба түрдеги көрсетпе,  14 усыныс киргизилген. 816 шахс нызамбузыўшылыққа жол қоймаўы бойынша ескертилген.

– Ҳәкимшилик нызамбузыўшылық жағдайлары бойынша топланған 1130 материал судларға ҳәм 13 материал прокуратура уйымларына жиберилди,-дейди басқарма баслығы А.Юлдашев. – Анықланған 812 жағдай бойынша 4 миллиард 66 миллион сумлық қаржылай санкция ықтыярый түрде төленди. 118 жағдай бойынша 9 миллиард 633,9 миллион сумды өндириў мақсетинде экономикалық судқа 118 даўа арзалар киргизилиўи тәмийинленди.

Басқарма тәрепинен алып барылып атырған қадағалаў жумыслары даўамында тийкарғы итибар – суў ресурсларынан пайдаланыў бойынша белгиленген тәртипке барлық суўдан пайдаланыўшы ҳәм суў тутыныўшылары тәрепинен қатаң бойсынылыўы, ирригация ҳәм мелиорация системалары, суўғарыў, коллектор, дренаж тармақлары, насос станциялары ҳәм мелиорация қурылмалары, ирригация объектлери ҳәм гидротехникалық қурылмаларды қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын ажыратылған бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўының алдын алыў мәселелерине қаратылды.

Суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша өткерилген тексериў ҳәм мониторинг жумысларының нәтийжесинде анықланған нызамбузыўшылық жағдайларының  155 и суў хожалығы шөлкемлеринде, 22 си суў тутыныўшылары ассоциациясы, 1281 и фермер ҳәм кластер хожалықлары ҳәм 168 и пуқаралар ҳәм басқаларға туўра келеди.

Ҳәзирги ўақытта жоқарыда атап өтилген Нызам, Президент қарарлары ҳәм пәрманлары ҳәм Ҳүкимет қарарларының орынланыўы «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен турақлы қадағалаўға алынып, мониторинг жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги