Мүнәсибет

Коррупция – экономикалық раўажланыў жолында баслы тосықлардың бири саналады. Коррупция  – бул жәмийетти ҳәр түрли жеке мәпти гөзлеўши усыллар менен езетуғын унамсыз иллет.

Себеби, коррупцияның турмыста ушырасыўы – нызам үстинлигин тәмийинлеў, демократиялық реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўына ҳәм инсан ҳуқықларының барлық орынларда ҳәм жағдайларда қорғалыўын тәмийинлеўге қәўип туўдырады.

Ҳақыйқатында  да, бүгинги күнде мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир қатар нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў бойынша пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, ҳуқықый тийкарлар жаратылды.

Бүгинги күнде республикамызда  коррупцияның алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамы  ҳәм  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-май күнги «Мәмлекетлик басқарыў тараўында коррупциялық қәўип-қәтерлерди сапластырыў механизимлерин жетилистириў ҳәм усы тараўда жәмийетшиликтиң қатнасыўын кеңейтиў илажлары хақкында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде орынларда үгит-нәсият илажлары алып  барылмақта.

Коррупцияға қарсы гүресиўде мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң алдына әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген болып, атап айтқанда, тараў хызметкерлери арасында коррупциялық ҳәрекетлерди болдырмаў илажларын көриў мақсетинде үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

2022-жыл 20-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына  жоллаған мүрәжатында да раўажланыўымыздың кемириўшиси болған коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик сиясат дәрежесине алып шығылғанлығын  айрықша атап өтти.

Өткен еки жылдың өзинде 5 мыңға шамалас лаўазымлы шахс коррупцияға байланыслы жынаятлар бойынша жуўапкершиликке тартылды.   Соның менен бирге, бул бағдарда айыпланыўшыларды ҳуқықый  жуўапкершиликке тартыў менен шекленип қалмай, системалы превентив  илажларды көриў, сол тийкарда жынаятшылықтың тек ғана ақыбетлерин, бәлким себеплерин алдыннан шешиў бойынша тәсиршең илажлар көрилмекте.

Коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында ҳәр бир министр ҳәм шөлкем басшысының өзи жетекшилик ететуғын тараўға ажратылған қәрежетлерди нәтийжели ҳәм мақсетли жумсаўы бойынша жеке жуўапкершилигин арттырыў, жасалма монополияға, жабық схемаларға, улыўма коррупцияға имкан жарататуғын барлық бослықларға шек қойыў гезектеги әҳмийетли мәселелер сыпатында атап өтти.

Бул бағдарда депутат ҳәм сенаторлар, жергиликли кеңеслер анық тараўларды таллап, өзиниң  округиндеги  бюджет есабынан әмелге асырылатуғын қурылыслардың, социаллық ҳәм экономикалық жойбарлардың орынланыўы мониторингин күшейтиў коррупцияны жоқ етиўдиң тийкарғы дәреги болыўы айтып өтилди.

Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў барысында өз алдына нызамлар қабыл етилип, конституциялық-ҳуқықый тийкарлар жаратылыўы белгиленди.

2023-жылға елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атама берилиўи усы жылда Өзбекстанда  инсанға, оның ҳуқықларын тәмийинлеўге, халықтың жасаў шараятларын жақсылаўға итибар және де артыўынан, адамларды разы етиў реформалар орайында болыўынан дәрек береди.

Бир сөз  бенен айтқанда, Мүрәжат халқымыз, Ўатанымыз, ҳәр биримиздиң турмысымызға ҳәм келешегимизге  байланыслылығы менен айрықша әҳмийетке ийе.

 

Зухра Реймова,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң

Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳəм коррупцияға қарсы гүресиў мəселелери комитетиниң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.