Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң 2022-жыл 8-ноябрде «2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясы ҳәм оны 2021-2022-жылларда әмелге асырыў бойынша комплекс илажлар бағдарламасы орынланыўы ҳаққында»ғы 128-санлы қарары қабыл етилди. Қарардың 5-бәнтинде илим-билимлендириў тараўында жоқары нәтийжеге ерискен атақлы өзбек ҳаяллары аты менен аталыўшы стипендияны енгизиў ҳәм усыныў механизмлерин ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 22-декабрде «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде илим-билимлендириў тараўында жоқары нәтийжеге ерискен атақлы өзбек ҳаяллары аты менен аталыўшы стипендияны енгизиў ҳаққында» 422-санлы буйрығы қабыл етилди.
Ҳүжжетте илим-билимлендириў тараўында жоқары нәтийжеге ерискен атақлы өзбек ҳаяллары аты менен аталыўшы стипендиялар енгизилетуғын жоқары оқыў орынлары арасында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалыда бар болып, онда «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы доценти, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Марияш Исмайлова атындағы стипендия енгизилиўи белгиленген.
Илим-билимлендириў тараўында жоқары нәтийжеге ерискен атақлы өзбек ҳаяллары аты менен аталыўшы бул стипендия 2022-2023-оқыў жылының бәҳәрги семестринен баслап енгизилиўи нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги