Өзбекстан Экологиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде енгизилген «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы шеңберинде «Жийдели байсын» мәкан пуқаралар жыйынында қайырқомлық илажы өткерилди.
Илажда партия белсендилери А.Абдирахманова, А.Исмаилова, мәкан пуқаралар жыйынының ўәкиллери менен биргеликте аймақ турғынларына экологиялық мәдениятты жетилистириў, қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў, әтирапты көклемзарластырыўдың әҳмийети туўралы үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Соның менен бирге, қайырқомлық жәрдем сыпатында бес шаңарақтың үй қапталы қыйтақ жерине мийўе ҳәм саяманлы терек нәллери егип берилди.
Бундай илажлар Нөкис қаласындағы басқа мәкан пуқаралар жыйынларында да алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги