Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, 2022-2023-оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасындағы 716 билимлендириў мәкемесинде 143 577 баслаўыш класс оқыўшылары кейтеринг шөлкемлери тәрепинен бийпул азық-аўқат пенен тәмийинлениўи белгиленген.

Бул мектеплер аймақлар кесиминде 64 лотқа жайластырылып, баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқатланыдырыў мақсетинде кейтеринг шөлкемлерди таңлап алыў бойынша Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызам талапларына муўапық сатып алыў тәртип-қағыйдалары тийкарында таңлаў өткериў ушын ғалаба хабар қураллары арқалы дағазалар берилди.

Платформаға жайластырылған 64 лоттан 41 лот 11 исбилерменлик субъектлери тәрепинен утып алынып шәртнамалар рәсмийлестирилди, ҳәзир 716 улыўма билимлендириў мектеплеринен 481 мектепте баслаўыш класс оқыўшылар бийпул аўқат пенен тәмийинленбекте.

22 лотта баҳалаў жумыслары жуўмақланып, протоколлар рәсмийлестирилип, 24-октябрь күнинен баслап түслик тарқатылыў режелестирилген еди. Бирақ, Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң усынысына бола, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 20-майдағы 276-санлы қарары менен тастыйықланған «Мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў менен байланыслы тәртип-қағыйдаларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққында»ғы Режениң бузылыўы бойынша өткерилген 22 лоттың таңлаўы жумысшы топар комиссиясы тәрепинен бийкарланды ҳәм буннан тысқары, исбилерменлик субъекти тәрепинен 1 лот бийкарланып, жәми 23 лот таңлаў (тендер)ға қайта жайластырылды.

Усы жылдың 11-ноябрь күнинен барлық мектеплерде баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул таяр азық-аўқатлар менен тәмийинлеў режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги