28-октябрь күни ҒМДА ПАның Самарқанд қаласында болып өткен гезектеги гүзги сессиясы шеңберинде Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Норбоеваның Түркменстан Миллий Генгеши Межлиси баслығы Г.Маммедова менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда өзбек-түркмен қатнасықларын раўажландырыў, ҒМДА шеңберинде бирге ислесиў ҳәм еки мәмлекетте парламент институты ролин беккемлеў мәселелери додаланды.

Бәринен бурын, Г.Маммедова сессия жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенине тоқтап өтип, бул бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа Миллий Генгеши Халық Мәсләҳәти баслығы Г.Бердимуҳаммедов ҳәм Түркменстан Президенти С.Бердимуҳамедовтың миннетдаршылығын жеткерди.

Сөйлесиў даўамында тәреплер еки мәмлекет парламентлери арасындағы сөйлесиўди жеделлестириў ҳәм нызам дөретиўшилигиниң ҳәр қыйлы тәреплери бойынша тәжирийбе алмасыўды даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Ушырасыў соңында еки тәреплеме ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги кең көлемли мәселелер бойынша турақлы түрде сөйлесиў ҳәм пикир алысыўды даўам еттириўге келисип алынды.

Қарақалапақстан хабар агентлиги