Бул ҳаққында РИА Новости хабар бермекте. Хабарда атап өтилиўинше, Россия Президенти Владимир Путин 15-16-сентябрь күнлери болып өтетуғын ШБШ саммитинде қатнасыў ушын Самарқандқа келди. Илаж шеңберинде мәмлекет басшысы бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.

ШБШ саммитинде күтилгениндей, кең көлемли мәселелер – қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў тараўында шөлкемниң потенциалын беккемлеў, экономикалық байланысларды раўажландырыў, транспорт байланысларын жетилистириў, ШБШның мәдений-гуманитарлық бағдарын беккемлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланады.

Путин, сондай-ақ, Қытай, Иран, Пакистан, Қырғызстан, Өзбекстан, Монголия ҳәм Түркиядағы кәсиплеслери менен өз алдына ушырасады. Атап айтқанда, Анқарадағы дипломатиялық дәректиң риа Новостиге мәлим етиўинше, ол Түркия президенти Режеп Таййип Эрдоған менен Россия газин жеткерип бериў мәселесин, сондай-ақ, жанылғы сатып алыў ушын рубль ҳәм лиарада бир бөлегин төлеў процесин додалайды.

ӨзА